Кархана хәм түрғынлар дыққатына!
Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 24-декабрдеги “2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы ӨРН-1011-санлы Нызамының 13-статясы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 11-марттағы ПҚ-100-санлы қарарының ҳәмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жıл 24-майдағы 03/1-866-санлы тапсырмасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ыссылық тәмийнаты хызметлери ушын бюджет мәкемелери, басқа көтере сатып алыўшы кәрханалар ҳәм жеке тутыныўшылар ушын жаңа тарифлерди белгилеў бойынша “Коммуналлық ыссылық тәмийнаты” ҳәмде “Тақыятас ыссылық тармақлары” ЖШЖның усыныс хатларын ҳәмде Экономика ҳәм финанс министрлигиниң 2025-жыл 3-июндағы 06-59-санлы ҳәм 2025-жәл 31-июлдағы 06-254-санлы, Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитетиниң 03-11/1158-санлы хатларын инабатқа алып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2025 жыл 15-октябрдағы 590-13-0-Q/25-санлы қарарына тийкарланып, 2025 жыл 1-ноябр кунинен баслап “Тақыятас ыссылық тармақлары” ЖШЖниң ыссылық энергиясын жеткерип бериў хызметин көрсетиу бойынша жаңа тарифлер төмендегише белгилеп берилди:
| “Тақыятас ыссылық тармақлары” ЖШЖниң ыссылық энергиясын жеткерип бериў хызметин көрсетиу бойынша жаңа тарифлер | ||
| Хызмет түри | Әмелдеги тарифлер (ҚҚС менен) сом | Жаңа тарифлер (ҚҚС менен) сом (2025 жыл 1-ноябр кунинен баслап) |
| Жеке хожалықлар ушын (1 Гкал) | 94 380,00 | 201 305,74 |
| Жеке хожалықдын 1 кунде 1 м2 ысытыў майданы | 165,58 | 282,85 |
| Көтере тутыныўшылар ушын (1 Гкал) | 240 800,00 | 425 600,00 |
| Ыссы суў жеткерип бериў | ||
| Жеке хожалықлырға ыссы суў өлшеў асбабы болмағанда 1 адам ушын 1 айға | 20 348,33 | 44 790,53 |
| Жеке хожалықлар 1 м3 ыссы суў (өлшеў асбабы көрсеткишлери бойынша) | 5 304,20 | 11 089,79 |
«Тақыятас ыссылық тармақлары«
Жуўапкершилиги шекленген жәмийети
администрациясы.
